ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

ИНСАН – МИЙНЕТИ ҲӘМ ЯДЫ МЕНЕН ТИРИ

Илим-пән ҳәм билимлендириў тараўында, әсиресе, баслаўыш тәлим системасында бул исм үлкен мақтаныш пенен тилге алынады. Оның көплеген илимий мийнетлери келешек әўлад ушын баҳалы мийрас болып есапланады. Бул халқымыздың әдиўли ҳәм пидайы перзенти Жумырбай Қайырбаев еди.

Жумырбай Қайырбаев 1931-жылы 21-августта Қарақалпақстанның Әмиўдәрья районы Жумыртаў аўылында қарапайым шаңарақта дүньяға келген. Жумырбай Қайырбаев шаңарақ жағдайларына байланыслы дәслеп Хожели районына көшип келип 1-классқа оқыўға барған болса, соң Нөкис қаласына келип Пушкин атындағы орта мектепте оқыўын даўам еттирген. 1949-жылы усы мектепти Алтын медаль менен питкерип, Қазақ мәмлекетлик университетиниң филология факультетине оқыўға түседи ҳәм оны 1954-жылы Қызыл диплом менен питкереди. Усы жылы Қарақалпақ мәмлекетлик муғаллимлер таярлайтуғын еки жыллық институтында қазақ тилинде оқыйтуғын топарлар ашыла баслаған еди. Институт жәмәәти жоқары билимли жас кадрды жумысқа қабыллайды. Усы жылдан баслап Жумырбай Қайырбаев Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтында оқытыўшы, үлкен оқытыўшы, доцент, профессор, кафедра баслығы, факультет деканы ўазыйпаларын атқарып келди.

1970-жылы Ташкент қаласындағы Нызамий атындағы мәмлекетлик педагогикалық институтының қарары менен Жумырбай Қайырбаевқа педагогика илимлериниң кандидаты илимий дәрежеси берилди. 1974-жылы Жоқары аттестациялық комиссиясының қарары менен оған доцент илимий атағы, ал 1992-жылы болса профессор илимий атағы берилди. Соның менен бир қатарда, Жумырбай Қайырбаевқа 1982-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген муғаллим» атағы, 1986-жылы «Өзбекстан халық билимлендириў ағласы» көкирек нышаны, 1988-жылы «Мийнет ветераны» көкирек нышаны, ал 1994-жылы болса Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланған.

Жумырбай Қайырбаевтың илимий-методикалық мийнетлери шексиз. Усы мийнетлериниң арасында оның А.Есемуратов ҳәм П.Палўаниязовалар менен биргеликте  жаратқан «Әлипбе» китабы 1961-1994-жыллар аралығында тәлим қарақалпақ тилинде алып барылатуғын мектеплерде кең қолланылып келинди. Ал 1999-2000-жылларда болса  Өзбекстан Республикасында тәлим қазақ тилинде алып барылатуғын мектеплер ушын Ә.Исабаев ҳәм Е.Мергенбаев менен биргеликте «Әлiппе» сабақлығын жаратып, елимизде баслаўыш тәлим системасын ҳәм баслаўыш тәлим методикасын раўажландырыўға үлкен үлес қосып келген. Жумырбай Қайырбаевтың шәкиртлери, кǝсиплеслери педагогика илимлериниң ҳақыйқый пидайысы, көрнекли алым, қайталанбас тулға сыпатында келешек әўлад ҳәм шәкиртлери ядында мәңги сақланып қалады.

 

Баслаўыш тәлим кафедрасы

баслығы, доцент З.К.Курбаниязова

 ҳәм кафедра жәмәәти.