Ҳаял-қызлардың мәлимлеме ҳәм SMART технологиялары бойынша көнликпелери арттырылды
Соңғы жыллары Өзбекстанда ҳаял-қызларды мәлимлеме ҳәм SMART технологиялары тараўында оқытыў үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Сол себепли, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студент қызларына заманагөй IT-технологияларынан пайдаланыў ҳәм IT тараўында гендер теңлигиниң әҳмийети бойынша билимлерин арттырыў мақсетинде оқыў семинары шөлкемлестирилди.
Илаж институт Ҳаял-қызлар кеңеси, Шет тиллери факультети Ҳаял-қызлар мәсләҳәт кеңеси баслығы В.Балқыбаева, Нөкис қалалық SMART Раўажландырыў ҳәм билимлендириў орайы және Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги менен биргеликте өткерилди.
Оқыў семинарында орай қәнигеси Қуўат Елманов студент қызларға IT-технологиялары ҳәм бул тараўда ҳаяллардың роли, жәмийетте ҳаяллар ҳуқықлары ҳәм гендер теңлиги ҳаққында мағлыўматлар берип өтти. Илаж даўамында қатнасыўшылар Өзбекстанда ҳаял-қызларға қаратылып атырған итибар, жәмийетте ҳаяллардың орны ҳәм ҳуқықларын арттырыў бойынша гендер нызамлар, гендер теңлиги, басым ҳәм зорлықларға ушыраған ҳаяллар ҳаққында, олардың алдын алыў бойынша исленип атырған жумыслар, қорғаныў ордерлери, күнделикли турмыста ҳаяллардың ҳуқықларын қорғаўдың нызамшылық механизмлерин түсиниўге ерисилди.
Оқыў семинарына институт ректорының Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Ф.Отенова қатнасып, ҳәзирги күнде ҳаял-қызлардың сиясий белсендилигин арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар, Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар, олардың әҳмийети, ҳаял-қызларға көрсетилип атырған жеңилликлер ҳәм имканиятлар ҳаққында тоқтап өтти.
Студент қызлар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.