Хош хабар! Институт студенти «Үшинши ренессанс – жаслар нәзеринде» таңлаўында 3-орынды ийеледи
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен барлық жоқары оқыў орынлары студент жаслары арасында «Үшинши ренессанс – жаслар нәзеринде» атамасындағы таңлаў жәрияланған еди.
Таңлаўға улыўма Өзбекстан көлеминде 3 номинация бойынша 3002 адам қатнасты.
Таңлаўдың республикалық басқышы «ZOOM» платформасы арқалы өткерилип, 10 аймақтан жеңимпаз болған 30 қатнасыўшының дөретиўшилик жумыслары Төрешилер қурамы тәрепинен көрип шығылды.
Қуўанышлысы, таңлаўдың республикалық басқышында «Жасларды илим-пән ҳәм инновацияларға қызықтырыўдың дәстүрий емес усыллары» номинациясында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты физика-математика факультети 4-курс студенти Зинатдин Базарбаев сыйлы 3-орынды ийеледи.
НМПИ баспасөз хызмети.