ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Коррупциясыз билимлендириў – жарқын келешегимиздиң кепили

Бүгинги күнде елимизде жоқары билимлендириў тараўын жаңа басқышқа алып шығыў, билим бериўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде бир қатар реформалар әмелге асырылмақта. Айта кететуғын болсақ, 2016-жылы Өзбекстанда жасларды жоқары билимлендириўге қамтыў көрсеткишлери 9% ти қураған болса, соңғы жылларда бул көрсеткиш 25% ке жетип, 2030-жылға шекем 50% ке жеткериў жобаластырылмақта. Әсиресе, бул бағдарда елимизде жумыс алып барып атырған жоқары оқыў орынларының санын және оларда билимлендириў сапасын арттырыўға айрықша әҳмийет қаратылып, соңғы жылларда олардың саны 77 ден 137 ге, соның ишинде, сырт еллердеги абырайлы жоқары оқыў орынлары филиалларының саны 25 ке жеткенлигин атап өтиў орынлы. Тараўда әмелге асырылып атырған усындай нәтийжели жумыслар қатарында системада коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында исленип атырған жумысларды айырықша көрсетип өтиў керек.

Бүгин, 4-июнь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында өткерилген сәўбетлесиў кешеси тараўда коррупциялық ҳәрекетлердиң алдын алыў мәселесине бағышланды.

Илажды институттың жаслар менен ислесиў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.

Сәўбетлесиў кешесине Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы хызметкери Х.Қўшимматов, ҚР Ишки ислер министрлиги Жынаят-излеў басқармасы коррупция ҳәм экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў бөлими арнаўлы ислери бойынша ўәкили М.Сержанов, Муҳаммед ибн Аҳмед әл-Беруний атындағы Нөкис орта арнаўлы ислам билим журты мударриси А.Садиқов, институттың миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасының аға оқытыўшысы З.Тәңирбергенова, сондай-ақ, профессор-оқытыўшылар, студент жаслар қатнасты.

Илаж даўамында сөзге шыққанлар, елимизде жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық тараўлардың раўажланыўына кери тәсир етип атырған коррупциялық ҳәрекетлердиң алдын алыў мақсетинде 2017-жыл 3-январьда қабыл етилген «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы ҳәм оннан келип шығып тараўларда, әсиресе, билимлендириў тараўындағы усындай ҳәрекетлердиң алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, алдағы ўазыйпаларға тоқталып өтти.

Коррупцияға қарсы гүресиў елимизде Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларының бири сыпатында белгилеп берилген болып, бунда ең әҳмийетли илажлардың бири – халықтың ҳуқықый саўатлылығы ҳәм билимлерин арттырыў екенлиги атап өтилген еди.

Әмелге асырылып атырған усындай жумысларға қарамастан, тараўларда коррупциялық ҳәрекетлер анықланып, оларға нызамлы шаралар көрилмекте. 2020-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасында коррупция менен байланыслы 77 жуўапкер тәрепке 59 жынаят иси ашылған болса, соның екеўи жоқары билимлендириў системасына, ал усы жылдың өткен дәўиринде 119 жуўапкер тәрепке 75 жынаят иси ашылып, соннан биреўи жоқары билимлендириў системасы менен байланыслы жағдайлар екенлиги атап өтилди.

Соның менен бирге, жоқары билимлендириўде коррупциялық ҳәрекетлердиң алдын алыў ушын мағлыўматларды алыў электрон, ҳүжжет тапсырыў онлайн форматларға өткерилип атырғаны, ҳәзирги ўақытта имтиханларды онлайн тәризде Интернет тармақлары арқалы ашық-айдын өткериў жолға қойылғанлығы, сондай-ақ, ең әҳмийетлиси, ҳәр бир жоқары оқыў орынларында коррупцияға қарсы гүресиў мақсетинде комплеанс-қадағалаў бөлими шөлкемлестирилип, бул бағдардағы анық жумыслар белгиленгенлиги сөз етилди.

Илажда дәмегөйлик, пара алыў ҳәм пара бериў, белгили бир саўға есесине адамлардың ҳуқық ҳәм мәплерине қарсы ҳәрекет етиўдиң муқаддес ислам дини көзқарасынан гүнә екенлиги ҳаққында анық мысаллар менен атап өтилди.

Сәўбетлесиў кешеси профессор-оқытыўшылар, студентлер ҳәм қәнигелердиң сораў-жуўаплары менен даўам етти.

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.

Автордың түсирген фотолары.