ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Рәсмий мағлыўмат

Бүгин, 8-июнь күни Телеграм тармағындағы «Talaba.uz» каналында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студентлери тәрепинен жиберилген фото жәрияланып, онда жуўмақлаўшы қадағалаў имтиханы ушын берилген тест сораўы келтирилмегенлиги және тек ғана жуўап вариантлары келтирилгенлиги көрсетилген.

 

Усы жуўмақлаўшы қадағалаў имтиханының сораўы институттың сыртқы бөлими биология тәлим бағдары студентлери ушын «Мектепте ботаника» пәнинен дүзилгенлиги ҳәм сораўда техникалық насазлық себепли тек ғана вариантлар көрсетилгенлиги анықланды және қәтелик сол ўақытта дүзетилди.

 

Соның менен бирге, усы сораў бойынша қәтелик дүзетилгенге шекем жуўап вариантларының бирин сайлаған студентлерге усы сораў ушын балл берилетуғынлығын мәлим етемиз.

 

Усы орында атап өтиў керек, техникалық машқалалар себепли ушырасатуғын усындай көринистеги қәтеликлер ушырасатуғын болса пән оқытыўшысы ямаса институттың басқа жуўапкер тәреплерине мүрәжат етиўиңизди және машқалаларды биргеликте сапластырыўға үлес қосыўыңызды сораймыз.

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты баспасөз хызмети.