ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Жоқары температуралы ҳаўа райы шараятында жумыс ислеў тәртиби қандай?

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасында бақланып атырған жоқары температуралы ҳаўа райы шараятларында кәрханаларда ислеп атырған хызметкерлер ҳәм жумыс бериўшилер тәрепинен белгиленген тәртиптеги микроклимат бойынша санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел еткен ҳалда жумысларын әмелге асырыўы талап етиледи.

ӨзР Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң жазыўынша, кәрханаларда жылдың ыссы дәўиринде ислеп шығарыў кәрханалары, цехлар, бөлимлер ҳәм басқа жабық аймақларда микроклиматтың нормалары СанҚҳәмН 0324-16 талаплары тийкарында болыўы керек.

 

Яғный:

 

— жеңил I категориялы жумысларда (жумыс процеси отырған ҳалда әмелге асырылады, физикалық аўырлық талап етилмейди) ҳаўаның температурасы 24-27 °С, ҳаўаның салыстырмалы ығаллығы 40-60% ҳәм ҳаўаның ҳәрекет тезлиги 0,1-0,2 м/с тан артып кетпеўи;

— орташа аўырлықтағы II категориялы жумысларда (жумыс процеси отырған ҳәм базда жүрген жағдайда әмелге асырылады, 1 кг нан 10 кг ға шекемги болған буйымларды көтереди) ҳаўаның температурасы 22-25 °С, ҳаўаның салыстырмалы ығаллығы 40-60% ҳәм ҳаўаның ҳәрекет тезлиги 0,3 м/с тан артып кетпеўи;

— аўыр III категориялы жумысларда (жумыс процеси турақлы ҳәрекетте әмелге асырылады, 10 кг нан аўыр болған жүклерди көтереди) ҳаўаның температурасы 21-23 °С, ҳаўаның салыстырмалы ығаллығы 40-60% ҳәм ҳаўаның ҳәрекет тезлиги 0,4 м/с тан артып кетпеўи керек.

 

Микроклиматтың жол қойылыўы мүмкин болған нормалық муғдарларын белгилеў ислеп шығарыў процесине технологиялық талаплар, оларды тәмийинлеўдиң технологиялық тәрептен илажы болмағаны ямаса мақсетке муўапық емеслигиниң экономикалық жақтан тийкарланғанлығы себепли имканы болмаған ислеп шығарыў бөлмелеринде ислеўшилерди жүз бериўи мүмкин болған қызып кетиўден қорғаў ушын илажлар: ҳаўаны жергиликли суўытыў, ҳаўа душлары, дем алыў бөлмелери, жоқары температурадан қорғаў ушын арнаўлы кийимлер, жеке қорғаныў қураллары, жумыс ҳәм дем алыў ўақтын регламентлеў сыяқлылар нәзерде тутылыўы керек. Ыссылықтан зыянланыўдың алдын алыў мақсетинде тосып турыўшы тегис бетлердиң температурасы 45 °С ден артып кетпеўи керек.

Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 211-статьясы ҳәм «Мийнетти қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 23-статьясына муўапық, барлық кәрханаларда қәўипсизлик ҳәм гигиена талапларына жуўап беретуғын мийнет шараятлары жаратылған болыўы керек. Бундай шараятларды жаратып бериў жумыс бериўшиниң миннетлемесине киреди.

 

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде 1996-жыл 14-августта 273-сан менен дизимге алынған «Мийнетти қорғаў бойынша жумысларды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Үлги реже талапларына муўапық, хызметкерлердиң мийнет шараяты қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша төмендеги ўазыйпаларды:

 

— Мийнеттиң санитариялық-гигиеналық шараятларын нормалластырыў;

— Цехлар ҳәм ислеп шығарыў имаратларында санитариялық-гигиеналық талапларға жуўап беретуғын зәрүр ыссылық-ығаллық режимин жаратыў;

— Усы технологиялық процесске қойылатуғын талапларға сәйкес түрде самаллатыў қурылмалары, кондиционерлер системаларына ийе болыў және оннан пайдаланыўды тәмийинлеў зәрүр.

 

Жумыс бериўши тәрепинен ҳаўаның ыссы температурасы жоқары дәрежеси ўақтында имаратларда микроклимат шараятын жақсылайтуғын үскенелердиң (кондиционер, вентиляция, ислеп шығарыў майданларына орнатылған қурғақ ҳаўаны ығалландырыў үскенелери ҳәм басқалар) жумысларын тәмийинлеўи ҳәм қадағалаўы, техникалық жақтан бундай үскенелерди орнатыў ҳәм ислетиў имканияты болмаған жағдайда хызметкерлердиң жумыс режимин өзгертиў ҳәм дем алыс ўақытларын көбейтиў ямаса жумыс ўақтын қысқартыў, хызметкерлерди бийпул таза ишимлик (минералланған) суўы менен тәмийинлеў илажлары көрилиўи керек.

Мийнет шараятлары бойынша жылдың ыссы дәўиринде ашық майданларда орынланатуғын жумыслар жумыс категориясына муўапық, ҳаўаның температурасы 34,2 °С – 36,0 °С ден жоқары болғанда адам денсаўлығы ушын оғада қәўипли есапланып (0141-санлы СанҚҳәмН), усы жағдайда жумыс режимин өзгерткен ҳалда, яғный жумыс ўақтын күнниң салқын ўақытларына көширген ҳалда жумысты шөлкемлестириўи мақсетке муўапық болады.

Егер хызметкер ашық майданда (қурылыс майданлары, атызларда) жумыс ислеп атырған болса, жумыс бериўши тәрепинен мәўсимге сай болған қорғаныў қураллары ажыратылыўы, жумыс режимин өзгертиўи (дем алыў ўақытларын узайтыў ямаса жумыс ислеў саатларын өзгертиўи, жумыс ўақтының қысқартылыўы), сондай-ақ, хызметкерлерди бийпул таза ишимлик (минералланған) суўы менен тәмийинлеўи керек.

Кәрханадағы бундай жумыслардың дизими ҳәм оларды орынлаўды жумыс ўақтының белгили бир мүддети тармақ (тариф) келисимлеринде, жәмәәтлик шәртнамаларда белгилеп қойылады, егер олар дүзилмеген болса, жумыс бериўши тәрепинен кәсиплик аўқамы комитети ямаса хызметкерлердиң басқа ўәкилликли уйымы менен келисип алынған ҳалда әмелге асырылады.

Мийнет кодексиниң 219-статьясына муўапық, хызметкер жумыс процесинде өзиниң өмири ямаса денсаўлығына зыян жеткериўши жағдайлар жүзеге келип қалғаны ҳаққында жумыс бериўшиге жедел түрде хабарлаўы, мийнетти қорғаў қағыйдаларына әмел етилиўин тексерип барыў ҳәм қадағалаў менен шуғылланатуғын уйымлар усы жағдайларды тастыйықлаған жағдайда жумыс бериўши усы жағдайларды сапластырыў илажларын көриўи зәрүр.

Усы дәўир аралығында Мийнет кодексиниң 159-статьясына муўапық, хызметкердиң орташа мийнет ҳақысы сақланып қалынады.

 

Ҳаўа райының температура дәрежеси жоқары болған ўақытларда төмендегилер усыныс етиледи:

 

— Тиккелей қуяш нурларынан сақланыў, көбирек көлеңкеде болыў;

— Имканы болғанынша көшеде өтетуғын ўақытты шеклеў;

— Жарқын реңли, жеңил, тәбийғый гезлемелерден тигилген кийим кийиў;

— Ыссыдан қорғаныў ушын бас кийим ямаса саяман (зонтик) пенен жүриў;

— Физикалық белсендиликти азайтыў;

— Автомашинаны басқарыў ўақтын қысқартыў;

— Жумыс ўақты аралығында салқын орынларда дем алыў;

— Көбирек суў ишиў, жыллы чай ямаса газленбеген минерал суў ишиў;

— Дене температурасын турақлы қадағалап барыў;

— Спиртли (алкоголь) ишимликлер ҳәм темеки өнимлерин пайдаланбаў ҳәм т.б.

 

Ислам Матеков.