ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты АҚШ билимдендириў бағдарламаларында қатнасыўын жеделлестиреди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты АҚШ Ҳүкимети тәрепинен жәрияланып атырған билимлендириў бағдарламаларында қатнасын еле де раўажландырады. 2019-жыл 29-октябрь күни институтқа келген АҚШтың Өзбекстандағы елшиханасы ўәкиллери менен усы мәселеде сөйлесиў алып барылды.

Сапардан тийкарғы мақсет АҚШ билимлендириў бағдарламалары шеңберинде бирге ислесиўди еле де раўажландырыў ҳәм еки тәреп пуқараларының мәдений-академиялық байланысын беккемлеў.  

Инглис тилин үйрениў жоқары билимлендириў тараўындағы әҳмийетли ўазыйпалардан саналады. Институтқа келген АҚШтың Өзбекстандағы елшиханасы жәмийетшилик пенен байланыслар офиси баслығы Жон Браун ҳәм инглис тили бағдарламасы координаторы Феруз Акобиров АҚШ Ҳүкимети тәрепинен жәрияланып атырған билимлендириў бағдарламалары, соннан инглис тилин оқытыў бойынша бағдарламалар ҳаққында да кеңирек мағлыўмат берди.

Усы оқыў жылының ноябрь айынан институтта АҚШ Ҳүкиметиниң Фулбрайт билимлендириў бағдарламасы шеңберинде америкалы инглис тили оқытыўшы-жәрдемшиси жумыс баслайды.

Фулбрайт билимлендириў бағдарламасының English Teaching Assistant (Инглис тилин оқытыўшы-жәрдемши) деп аталыўшы усы бағдарламасына көре шет еллик оқытыўшылар жергиликли инглис тили оқытыўшыларына жәрдемши сыпатында 10 ай даўамында студентлерге сабақ береди ҳәм олар АҚШтағы мәдений елшилер сыпатында хызмет көрсетеди.

Ушырасыўда келеси оқыў жылларында институтта English Language Fellows, English Language Specialists бағдарламаларын енгизиў бойынша да келисилди.

English Language Fellows (Инглис тили илимий хызметкери) бағдарламасына муўапық, институтқа АҚШтың инглис тили бойынша илимий хызметкерлери 10 айлық стажировкаға жибериледи. Бағдарлама өзара түсинисиўди қоллап-қуўатлайды, инглис тилин үйрениўге жәрдем береди ҳәм инглис тилин оқытыў қабылетин асырады. Инглис тили илимий хызметкери өзлериниң профессионал тәжирийбелери менен бөлиседи, өзлериниң шеберлигин де асырады, халықаралық тәжирийбеге ийе болады ҳәм басқа мәдениятлар менен танысады. Олар студентлер ҳәм инглис тили оқытыўшыларында пикирлеўши ҳәм жуўапкерли әмелиятты раўажландырыўға жәрдем беретуғын заманагөй TEFL бағдарламаларын қолланады.

English Language Specialists (Инглис тили қәнигелери) бағдарламасына муўапық АҚШлы қәнигелер инглис тилин шет тили сыпатында оқытыў / инглис тилин екинши тил сыпатында оқытыў ҳәм әмелий лингвистика пәнлери бойынша қысқа мүддетли жумысларға тартылады. Қәнигелер сапалы инглис тилиндеги бағдарламаларды усынады ҳәм АҚШ және басқа мәмлекетлер арасында өзара түсинисиўди раўажландырады. Қәниге тапсырмалары оқытыўшыны таярлаў, оқыў режеси ҳәм оқыўлықларды ислеп шығыў яки бағдарламаны баҳалаўды өз ишине алыўы мүмкин.

Ушырасыўда, сондай-ақ, институттың басшы, педагог ҳәм илимий хызметкерлерин АҚШ жоқары оқыў орынларына қысқа ҳәм узақ мүддетли стажировкаларға жибериў, қәнигелигин асырыў сыяқлы жойбарлар бойынша да пикирлер алмасылды.

 

НМПИ Мәлимлеме хызмети