«ТАБИЙИЙ ПӘНЛЕРДИҢ АКТУАЛ МӘСЕЛЕЛЕРИ»

«ТАБИЙИЙ ПӘНЛЕРДИҢ АКТУАЛ МӘСЕЛЕЛЕРИ»

атамасындағы халық аралық илимий-теориялық конференциясының

(Нөкис, 2020-жыл 14-15-май)

 ХАБАРНАМАСЫ

 ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА АРНАЎЛЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МИНИСТРЛИГИ

ӘЖИНИЯЗ АТЫНДАҒЫ НӨКИС МӘМЛЕКЕТЛИК ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ИНСТИТУТЫ

 

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 7-февралдағы «Өзбекстан Республикасында 2020-жылда халық аралық ҳәм республика көлеминде өткерилетуғын  илимий ҳәм илимий-техникалық конференциялар режеси ҳаққында»ғы 56-ф-санлы бийлиги тийкарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2020-жыл 14-15 май күнлери «Табийий пәнлердиң актуал мәселелери» атамасында халық аралық илимий-теориялық конференция өткериледи.

Конференцияда төмендеги бағдарлар бойынша секциялардың жумыс алып барылыўы режелестирилген:

1-секция. Тәбийий пәнлер тараўында ерисилген илимий жетискенликлер, машқалалар ҳәм келешек режелери

2-секция. Химия ҳәм химиялық технология

3-секция. Тәбийий пәнлерди оқытыў методикасы ҳәм технологиялары

Конференцияның исши тиллери: өзбек, қарақалпақ, рус, инглис

Конференцияда қатнасыў формалары:

  • сырттан қатнасыў
  • стендли доклад
  • аўызша доклад

Қатнасыў шәртлери:

Конференцияда илим-изертлеў, билимлендириў мәкемелери басшылары ҳәм хызметкерлери, докторантлар, стажёр-изертлеўшилер, еркин излениўшилер, магистрантлар ҳәм студент жаслар қатнасыўы мүмкин.

Конференцияға жиберилген илимий материаллар республикамызда ҳәм халық аралық заманагөй тәбийий пән бағдарлары ҳәм оларды оқытыўдың актуал мәселлери, машқалаларының шешимине қаратылған ямаса айрықша әмелий әҳмийетке ийе болған ўазыйпаларды өз ишине алған болыўы лазым.

Конференцияның шөлкемлестириў комитети тәрепинен конференцияға жиберилген материалларды баспадан шығарыў нәзерде тутылған. Конференцияның баспадан шығарылған топламы аўызша доклады менен қатнасқан қатнасыўшыларға бериледи. Конференцияда сырттан ямаса стендли доклад пенен қатнасқан қатнасыўшыларға материаллар топламының *.pdf варианты жеткерип бериледи.

Конференцияға жиберилетуғын материалларды рәсмийлестириў талаплары:

Материаллар көлеми 3 беттен кем болмаған ҳәм 5 беттен аспаған болыўы керек.

Текст А4 форматтағы ақ қағазға, барлық тәреплери 2,5 см шегаралар қалдырып, жайластырылады ҳәм әлбетте электрон формада тапсырылады. Доклад материаллары номерленбейди ҳәм Microsoft Word редакторында Тimes New Roman шрифтте 14 өлшемде (интервал 1,0) *rtf, *doc форматта рәсмийлестириледи. Файл аты латын жазыўында биринши автор фамилиясы менен қойылыўы шәрт (Taumuratova.rtf). Конференция материаллары анық секциялар бойынша қабыл етиледи. Сол себепли файллар анық секция бойынша жуўапкерлерге жеткерип берилиўи талап етиледи (секцияларға жуўапкерлер төменде көрсетилген.

Тестте әдебиятларға силтемелер (ссылки) тик қаўыста автордың фамилиясы ҳәм силтеме исленген илимий мийнеттиң бети көрсетилген [Алламуратов, 1995; 15] түринде бериледи.

Материал соңында пайдаланылған әдебиятлар дизими бериледи.

Баян етилген мағлыўматлардың илимий-теориялық тийкарланғанлығы ҳәм методологиялық тәреплери бойынша автор(лар) жуўапкер есапланады.

Материал аты бас (үлкен) ҳәриплер менен, кейинги қатарға өткерилместен, ортада жазылады. Кейин киши ҳәриплер менен автор(лар)дың фамилиясы, аты, әкесиниң аты көрсетиледи. Доклад авторының аты, әкесиниң аты ҳәм фамилиясының астына сызылады. Фамилиялар астында қала, мәмлекет, жумыс орны, e-mail келтириледи. Оннан кейин 1,25 абзацға итибар берип текст жайластырылады. Тестте диаграмма, гистограмма, фото сүўретлер, кестелер берилиўи мүмкин.  Диаграмма, гистограмма, фото сүўретлердиң барлығы тестте сүўрет формасында избе-изликти инабатқа алған түринде келтириледи. Сүўретлер тексти объекттиң астына орайластырып, кестелер тексти болса, объекттиң жоқары тәрепинен рәсмийлестирилип бериледи. 

Материалларды шөлкемлестириў комитетине жибериў мүддети ҳәм томламға киритиў төлемлери:

Топламға киритилетуғын материаллардың бир бети ушын 15.000 (он бес мың) сўм төленеди. Конференция материалларының өз ўақтында баспадан шығарылыўын тәмийинлеў мақсетинде Сизден материалларды 2020-жылдың 30-апрель күнине шекем жибериўиңизди сораймыз.

Талапларға жуўап бермейтуғын ҳәм белгиленген мүддеттен кешигип жиберилген (түскен) материаллар топламға киритилмейди.

Манзил: 230105. Қарақалпақстан Республикасы. Нөкис қаласы, М.Нурмухамедов көшеси, 1-жай, “Тәбийий пәнлер” факультети.

Конференция материалларын қабыллаўға жуўапкерлер:

1-секция: Г.Таумуратова, тел. +99891 378 67 77, e-mail: taumuratova82bk.ru

2– секция: З.Бектурганова, тел. +99891 385 19 70, e-mail: bekturganova70@bk.ru

3– секция: Ж.Уббиниязова, тел. +99890 736 84 48, e-mail: D.Ubbinnyazova@mail.ru

 

Тезис ушын төлем есап бети:

Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги ғазнашылығы

р/с: 2340 2000 3001 0000 1010

Банк: МБ ББ ХККМ Ташкент қаласы

МФО: 00014; ИНН: 201 122 919

л/с: 4001 1086 0354 0179 5010 0079 003

ИНН: 200357981

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты

Квитанцияда автордың аты, фамилиясы  толық көрсетиледи ҳәм «Конференция материалы ушын» деп жазылыўы керек.