ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Екинши ҳәм оннан кейинги жоқары билим алыў ушын сынақларға қатнасқан абитуриентлер дыққатына!

2020-2021-оқыў жылы ушын Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына екинши ҳәм оннан кейинги жоқары билим алыў ушын онлайн тәризде ҳүжжет тапсырған ҳәм тастыйықланған кестеге муўапық, 2020-жыл 15-16-октябрь күнлери өткерилген сынақлардың (математиканы оқытыў методикасы бағдары бойынша тесттен өтиў балы – 56,7; басқа тәлим бағдарларындағы сәўбеттен өтиў балы – 55) нәтийжелерине бола минимал балл топлап қабыллаў усыныс етилген абитуриентлер 2020-жыл 26-октябрьден баслап сыртқы бөлимге (шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили бағдары – Шет тиллери факультетине) хабарласыўы мүмкин.

 

Бөлим ҳәм деканатта усыныс етилген абитуриентлердиң (сайтқа жүкленген диплом ҳәм қосымшалары тийкарында) биринши мағлыўматы тийисли тәлим бағдары оқыў жобасы ҳәм бағдарламаларындағы парқлар анықланған жағдайда оқытыў курсы белгиленеди. Сондай-ақ, тастыйықланған кесте тийкарында бар болған парқларды тапсырыў процеси шөлкемлестириледи.

 

Екинши тәлим алыўға кириўшилер бар болған парқларды тапсырғаннан соң тийисли курсқа қабыллаў ушын белгиленген тәртипте шәртнама дүзиўи мүмкин.

 

Еслетиў: екинши ҳәм оннан кейинги тәлимди алыўға қабыл етилгенлер Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен 2008-жыл 13-августтағы 15-санлы протокол тийкарында тастыйықланған “Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине екинши ҳәм оннан кейинги тәлим алыў тәртиби ҳаққында”ғы Уставқа муўапық төмендеги ҳүжжетлерди усыныс етеди:

 

  1. Ректор атына арза;
  2. Паспорт ҳәм әскерий хызметке байланыслылығы ҳаққындағы ҳүжжеттиң нусқасы (түп нусқасы көрсетилген ҳалда);
  3. Мағлыўматы ҳаққындағы дипломның түп нусқасы (қосымшасы менен бирге);
  4. 3,5 x 4,5 см өлшемдеги 6 дана фотосүўрет;

 

Сондай-ақ, ҳүжжетлери ушын жыйнап қоятуғын папка, А5 форматындағы конверт.

 

Мағлыўмат ушын телефонлар:

 

Сыртқы бөлим

Бөлим баслығы: Насиров Махсуд. 97. 506-79-97;  93. 364-07-21

Бөлим баслығының орынбасарлары:

Султанов Сүрен 99. 317-80-38

Қудайназаров Айдос 99. 958-27-82

Рашидов Сардор 97. 561-11-06

 

Шет тиллери факультети

Декан: Дильманов Илюша 93. 712-64-64

орынбасарлары:

Турсынбаев Бахтияр 90. 574-98-81

Мәмбетаминов Нурлыбай 90. 652-75-75