Педагогика кафедрасында тәлим ҳәм тәрбия мәселелерине арналған семинар-тренинг шөлкемлестирилди
Усы жылдың 30-ноябрь күни институтымыздың педагогика факультети педагогика кафедрасында жаслар тәрбиясы ҳәм оларға билим бериўдиң заманагөй усылларына арналған «Билимлендириўди тәрбиядан, тәрбияны болса билимлендириўден ажыратыўға болмайды» атамасында студент-жаслар қатнасыўында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.
Семинар-тренингде профессор-оқытыўшылар интерактив методларда, ҳәр қыйлы көргизбели қураллар жәрдеминде тема бойынша студентлерде көнликпелер пайда етти.
Илажда кафедра профессор-оқытыўшылары билим бериў ҳәм тәрбиялаўдың әҳмийети жөнинде жаслар менен өз ара пикир алмасты.