Жумысшы топар Кегейлиде

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрацияси басшысы жанында 2019- жыл 28-август күни өткерилген мәжилис ҳәм оның баянламасы тийкарында дүзилген жумысшы топар тәрепинен бүгинги күнде улыўма орта билим бериў мектеп оқытыўшыларның билимин еле де жетилистириў, оқытыўшылардың кәсиплик шеберлигин арттырыў, билимлендириўдиң сапасын қадағалаўды күшейтиў ҳәм тәрбия тараўында заманагөй усыллардан пайдаланыўды шөлкемлестириў және оқыў-методикалық жәрдем көрсетиў бойынша  бир катар илажлар исленип атыр.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының доценти А.Оразымбетов усы жумысшы топар қурамында инновацииялық идеяларды оқыў процессине енгизиў, оқытыўшылардың ашық сабақлары ҳәм дөгереклер жумысларын шөлкемлестириў, “Мектеп-шаңарақ-мәҳәлле-ЖОО” тутқан орны ҳәм әҳмийети, “Устаз-шәкирт” системасы мәселелери бойынша дөгерек сәўбетин өткерди.

Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамының қабыл етилгениниң 30 жыллығына арналып Кегейли районы Мәденият сарайында район белсендилери, методист-оқытыўшылар, мектеп муғаллимлериниң қатнасыўында «Ана тилим – мақтанышым» атлы салтанатлы кеше шөлкемлестирилип, доцент А.Оразымбетов «Мәмлекетлик тил – басқарыўдың нызамласқан тили» темасында баянат иследи.

5-, 9-, 22-, 27-, 55-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде доцент А.Оразымбетов 11-класс оқыўшыларына питкериўшилердиң жоқары окыў орынларына кириў көрсеткишлери бойынша сәўбетлесиўлер өткерип мәсләҳәтлер берди.

Райондағы улыўма орта билим бериў мектеплери қарақалпақ тили пән муғаллимлерине «Мәмлекетлик тилди оқытыўдағы инновациялық технологиялар ҳәм алдынғы шет ел тәжирийбелери» темасында семинар-тренинг өткерди.