«Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының институт басқышы болып өтти: «Дембермес» командасы жеңимпаз болды
Бир неше жыллардан берли дәстүрий түрде өткерилип киятырған «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы студентлердиң билим ҳәм талантларын жүзеге шығарып қалмастан, жаслардың дослық байрамы болып есапланады.
Жақында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында усы таңлаўдың факультетлер арасындағы институт басқышы болып өтти.
Таңлаўға институттың ҳәр бир факультетинде оқып атырған талантлы, зийрек жаслардан дүзилген командалар қатнасты.
Таңлаў сәлемнама, биатлон, музыкалық басқыш, «Кеше мен бир қосық жаздым» сыяқлы шәртлер тийкарында өткерилди.
Төрешилер алдында өз зийреклиги ҳәм қызықлы шығыўлары арқалы талантларын көрсете алған жаслар жыйналғанларға бир дүнья күлки инәм етти. Турмыстағы жат иллетлер, айырым кемшиликлерди юмор-сатира арқалы сынға алған сахналық көринислер студент-жаслар тәрепинен шеберлик пенен атқарылды.
Таңлаў жуўмағында тарийх факультетиниң «Ўа-ҳа-ҳа» командасы 3-орын, тәбийғый пәнлер факультетиниң «Тәбийғый аргонавт» командасы 2-орын, педагогика факультетиниң «Дембермес» командасы 1-орынды ийеледи.
Жеңимпаз болған ҳәм сыйлы орын ийелерине айланған команда ағзалары, сондай-ақ, белсендилик көрсеткенлер мүнәсип сыйлықланды.
Таңлаў жеңимпазы болған «Дембермес» командасына кубок ҳәм компьютер комплекти салтанатлы түрде тапсырылды.
Турсынбай Ильясов,
Педагогика факультетиниң 2-курс студенти.
