Экстремизм ҳәм терроризм – жаслар келешегине қәўип

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Экстремизм ҳәм терроризм – жаслар келешегине қәўип» атамасында жаслар менен ушырасыў кешеси болып өтти.
Илажды институттың жаслар мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.
Ушырасыўда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлими руўхый үгит-нәсият топарының ағзасы, Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен юрист Х.Қабулов, ҚР ИИМ Терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў басқармасының хызметкери, капитан Ж.Қуламетов, ҚР Министрлер Кеңеси диний ислер бойынша секретариаты жуўаплы хызметкери Н.Жамалов ҳәм Нөкис қаласының бас имәм-хатиби Б.Разов студент-жасларға экстремизм ҳәм терроризмниң унамсыз ақыбетлери ҳаққында кең түрде тоқталды. Әсиресе, экстремизмниң динди өзине нықап етип алып, елимиз жасларын өз қатарына қосып алыўды мақсет етип атырған сыртқы күшлерге қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында сөз етти.
Сөзге шыққанлар тәрепинен атап өтилгениндей, 2018-жыл 12-декабрь күни БМШ Бас Ассамбелясының улыўмалық мәжилисинде «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» атамасындағы арнаўлы резолюция қабыл етилди. Бул резолюция Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2017-жыл сентябрь айында Нью-Йорк қаласында болып өткен БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында илгери сүрген басламаның әмелий көриниси болып есапланады.
Елимизде Бас Нызамымыздың арнаўлы статьялары арқалы ҳәр бир пуқараға ҳүждан еркинлигине кепиллик берилгени, миллетлер аралық татыўлық ҳәм аўызбиршилик жоқары қәдирият сыпатында баҳаланып атырғаны менен айрым жаслардың экстремистлик ҳәм террористлик ағымлар тәсирине түсип, қараңғы жолларға кирип қалып атырғаны да сыр емес.
Өткен жылдағы мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстан Республикасында усындай жағдайлар бойынша 3 жынаят иси ашылып, айыпкерлер жынайы жуўапкершиликке тартылған болса, айрым пуқаралар, әсиресе, жаслардың жуўапкершиликтен бас тартып, сырт еллерде қашып жүргенлигин де ақлаў мүмкин емес.
Ҳәзирги ўақытта экстремистлер тийкарынан сырт еллерге жумыс ислеўге баратуғын жасларды өзлериниң қатарына қосып алыў ушын ҳәрекет етип атырған болса, соның менен бирге, олар өз мақсетине ерисиў ушын елимиз жасларына Интернет арқалы да тәсир жасаў ушын ҳәрекет етпекте.
Илаж даўамында жасларға тынышлық биз ушын берилген ең жоқары сыйлық екенлиги, оны бузбақшы болған қара нийетли күшлер менен пикирге қарсы пикир, идеяға қарсы идея, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў кереклиги ҳаққында турмыслық мысаллар тийкарында сөз етилди.
Ушырасыў жаслар менен өз ара пикир алмасыў ҳәм сораў-жуўаплар менен даўам етти.

Ислам Матеков,
Нөкис МПИ баспасөз хаткери.
Автордың түсирген фотосүўретлери.