Физика-математика факультетинде жумысшы топар ҳүжжетлерди үйренбекте

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 31-январь күнги «Жоқары билимлендириў мәкемелериниң студент жасларына төленетуғын стипендиялар муғдарын белгилеў ҳәм стипендиялар тайынлаў және төлеў тәртибин жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, пәнлерден өзлестириў көрсеткишлери жоқары, айрықша қәбилет ҳәм талант ийеси болған, жәмийетлик жумысларда белсенди, социаллық қорғаўға мүтәж студентлерди хошаметлеў бойынша арнаўлы жумысшы топарлар дүзилип, жаслардан келип түскен мүрәжатлар менен ҳүжжетлерди үйрениў жумыслары алып барылмақта.

Институттың физика-математика факультетинде шөлкемлестирилген жумысшы топар ағзалары студент-жаслардың ҳүжжетлерин үйренип шықпақта.