Ҳаял-қызлар байрамына арналған концерт болып өтти

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен байрам илажлары болып өтти.

Дәслеп илимий-педагогикалық жумысларда белсендилик көрсетип киятырған, сондай-ақ, институтта жемисли мийнет етип киятырған бир топар ҳаял-қызлар, соның менен бирге, студентлерге байрам саўғалары тапсырылды.

Соңынан институт мәденият сарайында қәбилетли студентлерден дүзилген «Тумарис» қосық ҳәм аяқ-ойын халық ансамбли, «Таруннум», «Сый перде» ансамбльлери және бир топар талантлы жаслар атқарыўындағы концерт бағдарламасы ҳаял-қызлар итибарына усынылды.

 

НМПИ баспасөз хызмети.