Институтымыз студентлери еркин гүрес бойынша Өзбекстан кубогы жарысында 3 алтын ҳәм 1 гүмис медальды қолға киргизди

Жақында пайтахтымыз Нөкис қаласында 2000-2002-жылларда туўылған жаслар арасында спорттың еркин гүрес түри бойынша Өзбекстан кубогы беллесиўлери болып өтти.

Жарысқа Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты дене мәденияты факультетиниң студент-жаслары да белсене қатнасты.

Жарыс даўамында жаслар өзлериниң күшли таярлыққа ийе екенлигин көрсетип, жақсы нәтийжелерди қолға киргизди.

Атап айтқанда, ер балалар арасында 65 кг салмақта Алпамыс Қыдырниязов алтын медаль, қызлар арасында 62 кг салмақта Арыўхан Жумабаева алтын медаль, 68 кг салмақта Азада Есбергенова алтын медаль, 59 кг салмақта Дильфуза Айымбетова гүмис медальларды қолға киргизди.

Өзбекстан кубогы жарысында институт жаслары улыўма 3 алтын ҳәм 1 гүмис медальға ийе болды.

 

НМПИ баспасөз хызмети