ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

НМПИ студентлери математика бойынша халықаралық ашық олимпиадада жақсы нәтийжелерди қолға киргизди

Усы жылдың 5-8-май күни Түркменстан Республикасының Ашхабад қаласында математика бойынша «Open Mathematical Olympiad for University Students – OMOUS-2021» халықаралық ашық олимпиадасы болып өтти.

 

Олимпиадаға 20 ға шамалас мәмлекетлерден 84 жоқары оқыў орнының 600 ге шамалас қәбилетли студентлери қатнасты.

 

Қуўанышлысы, олимпиадада институттың бир қатар студентлери сыйлы орынларды ийеледи.

 

Атап айтқанда:

 

Бабажанов Сардорбек 3-орын;

Казбаев Айдарбек 3-орын;

Хожамуратова Шийрин 3-орын;

Қурбанбаев Саламат 3-орын;

Раҳимбоева Рисолат 3-орынды ийеледи.

 

Сондай-ақ, белсене қатнасқаны ушын Давлатбоева Сурайё ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

 

НМПИ баспасөз хызмети.