Институтымыздың неше студенти «Жаслар аўқамы стипендиясы» таңлаўының республикалық басқышына жоллама алды?

Жоқары оқыў орынларының бакалавр басқышы студентлери арасында өткен жылдан берли шөлкемлестирилип киятырған «Өзбекстан жаслар аўқамы стипендиясы» таңлаўының 2018-2019-оқыў жылындағы жеңимпазларын анықлаў мақсетинде таңлаўдың аймақлық ҳәм республикалық басқышлары өткерилмекте.
Институтымыз жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң берген мағлыўматларына қарағанда, институт көлеминде өткерилген таңлаў жуўмақлары бойынша жәми 9 студенттиң ҳүжжетлери Қарақалпақстан Республикалық басқышына жиберилген болса, олардың арасынан 4 студент – физика-мийнет факультети 2-курс студенти Қ.Мадраҳимова, химия-биология факультети 3-курс студенти У.Муҳаммадиев, шет тиллери факультети 3-курс студенти С.Қўчқарова, мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети 2-курс студенти К.Айтмуратовалар республикалық басқышқа жоллама алды.
Республикалық басқыштың жуўмақлары бойынша мағлыўмат беремиз.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.