Филология факультети студенти 38-санлы мектепте «Арал» темасында ашық сабақ өтти

Институтымыздың филология факультети студентлери Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 38-санлы улыўма билим бериў мектебинде әмелият алып бармақта.
Олар әмелият даўамында ашық сабақлар шөлкемлестирип, өзлери ийелеген билимлерин оқыўшыларға жеткерип бермекте.

Атап айтқанда, факультеттиң 4-курс студенти Санъат Юсупов мектептиң 7-«а» класына өзбек тили пәнинен «Арал (керек, зәрүр модал сөзиниң қолланылыўы)» темасында ашық сабақ өтти.