Химия-биология факультетинде «Қуслар байрамы»на арналған таңлаў болып өтти

5-апрель күни химия-биология факульети деканаты ҳәм зоология, адам морфофизиологиясы ҳәм оны оқытыў методикасы кафедрасының профессор-оқытыўшылар жәмәәти басшылығында биологияны оқытыў методикасы бакалавр бағдарының 1- ҳәм 2-курс студентлери арасында «Қуслар байрамы» күнине бағышланған таңлаў болып өтти.

Таңлаўға «Фламинго» (1а,б-топарлары), «Команда» (1в-топары), «Феникс» (1г-топары), «Альбатрос» (2а-топары) ҳәм «Семурғ» (2б-топары) командалары қатнасты.

Таңлаў шәртлериниң орынланыўын институт жаслар аўқамы жетекшиси Б.Гүлимбетов, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери ҳәм зийрек студентлер менен ислесиў бөлиминиң методисти А.Балтамуратова ҳәм факультеттиң ҳаял-қызлар шөлкеминиң баслығы З.Бектурғановалардан ибарат төрешилер қурамы баҳалап барды.

Таңлаў 3 басқыштан ибарат болып, қатнасыўшыларға ҳәр қыйлы сынақлар ҳәм «Қуслар» көргизбесин шөлкемлестриў ўазийпалары қойылды.

Қызықлы ҳәм мазмунлы өткен жарыс жуўмағында 1-орынды «Семурғ» командасы, 2-орынды «Альбатрос» ҳәм 3-орынды «Фламинго» командалары жеңип алды.

Жеңимпазлар институт ректораты, кәсиплик аўқамы ҳәм факультет деканаты тәрепинен таярланған қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.