Әжинияз күнлери

«Әжинияздың қосықларын еситкенде, инсан кеўли ләззетке бөленип, «қайта бастан гөне дәрти қозғалып», өмир сүриўге ҳәўес артады, руўхыңда бир жигер пайда болып, қыялыңа қанат питеди. Өйткени, бул шайыр халық жүрегинде руўхый сулыўлық тымсалына айланған».
И.Юсупов

Әжинияз Қосыбай улы өзиниң поэзиясында қарақалпақ халқының минез-қулқын, тарийхын, мәдениятын, сын-сыпатын, дүньядағы орнын, қысыўметин терең сүўретлеген шайыр. Оның қосықлары ҳәр бир адамның жүрек төринен орын алыўы сөзсиз. Мине, апрель айының басланыўы менен институт ректораты, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамы, Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы көркем әдебиятты нәсиятлаў бойынша «Ижод» хоры дирекциясы, қарақалпақ әдебият кафедрасы ҳәм «Зийўар» әдебий дөгереги менен биргеликте «Әжинияз күнлери» шөлкемлестирилди. Шөлкемлестириўшилер 7-апрельде Әжинияз шайырдың туўылып өскен ески Қоңырат беглиги, ҳәзирги Мойнақ районы аймағындағы Әжинияз шайырдың қәбири қойымшылығын зыярат етип, «Әжинияз бағының» ашылыў салтанатын өткерди. Института 8-9-10-11- апрель күнлери институт студентлери арасында Әжинияз шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги бойынша «Жас талантлар» таңлаўы болып өтти. Таңлаў үш басқышта «Әжинияздың көркемлик дүньясы» бунда жас ҳәўескер художниклер көргизбеси номинациясы, «Биз Әжинияз әўладларымыз» жас ҳәўескер шайырлар таңлаўы ҳәм «Әжинияз шығармаларының билимданы» ең жақсы шығарма жумыслары менен тест ҳәм аўызша саўатлылық таңлаўлары болды.

12-апрельде институттың мәжилислер залында Әжинияз Қосыбай улы мүнәсибети менен «Елиниң еркин ҳәм азат, жериниң бағы-бостан болыўын жыр еткен шайыр» атамасындағы Республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти. Конференцияны институттың жаслар менен ислесиў бойынша проректоры Қ.Қодиров ашты ҳәм алып барды. Академик, философия илимлериниң докторы, профессор, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери Ж.Базарбаев « Әжинияз мийрасы – өзликти аңлаў дереги» атамасындағы баянаты менен қатнасып, Әжинияз шайырдың Қутлымурат инақ медресесинде оқыған дәўири, ол сүргинде болған ба? ҳәм тағы басқа да илимпазлардың ҳәр түрли илимий пикирлери, Әжинияз шайырдың Мақтумқулы қосықлары менен шатасыўы, улыўма шайырдың мийрасын терең илимий изертлегенде қосықлардың жыйналыў тарийхы, сақланыўы ҳаққында кең түрде анализ жасайды.

Соң, филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан халық жазыўшысы К.Алламбергенов «Елиниң еркин ҳәм азат, жериниң бағы-бостан болыўын жыр еткен шайыр» атамасындағы баянаты менен қатнасты. Буннан соң, сөзге шыққан профессор К.Қурамбаев, доцент М.Тлеўмуратовлар Әжинияз шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигине кең түрде тоқтап өтти. Конференцияның екинши бөлими Қарақалпақ әдебияты кафедрасы жанындағы «Зийўар» әдебий дөгереги ағзаларының Әжинияз шығармаларын көркемлеп оқыўдан баслап берсе, Педагогика ҳәм Филология факультетиниң студентлери Әжинияз шығармаларын намаға салып айтты ҳәм «Зийўар» әдебий дөгереги ағзалары тәрепинен «Зийўар» атлы сахналық көриниси қатнасыўшылар нәзерине усынылды.
Конференция жуўмағында Әжинияз шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги бойынша өткерилген «Жас талантлар» таңлаўы номинациялары жеңимпазлары сыйлықланды.
Д.Догарова.