Магистрантлар Арал бойы Халықаралық инновациялық орайында өткерилген конференцияға қатнасты

Институтымыз магистрантлары усы жылдың 16-апрель күни Арал бойы Халықаралық инновациялық орайында болып өткен баспасөз конференциясына қатнасты.

Илажға Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими ўәкиллери, илимий излениўшилер, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Илажда Аралдың қурыған ултанындағы 20 гектарлық жерде «My garden in the Aral» жойбары бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша кең түсиниклер берилди.

Конференцияда магистрантлар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.