Институт жаслары депутатлар менен дөгерек сәўбетин өткерди

Усы жылдың 26-апрель күни институтымыздың бир топар алдынғы жаслары институтымызда ислеп атырған, соның менен биргеликте, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты К.Гүлимбетов, Хожели районлық депутаты Ҳ.Атажанов, Нөкис районлық депутаты П.Адилов ҳәм институт жаслар аўқамы жетекшиси Б.Гүлимбетовлар менен дөгерек стол әтирапында сәўбет өткерди.

Сәўбетте елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, быйылғы сайлаўлар жылында исленетуғын жумыслар, сайлаў системасындағы жаңалықлар, өзгерислер ҳәм таярлықлар бойынша мағлыўматлар берилип, жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.