Китап – әжайыбатқа жетеклейди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты филология факультетинде «Китап – әжайыбатқа жетеклейди» атамасында мәдений-ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди.

Онда Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети жәҳән әдебияты кафедрасы профессоры, филология илимлериниң докторы, белгили жазыўшы Улуғбек Ҳамдам «Көркем дөретиўшилик ҳәм илимий анализ», Ғафур Ғулам атындағы баспа-полиграфиялық дөретиўшилик үйи хызметкери, шайыр Гўзал Бегим «Көркем әдебиятта сөз қоллаў шеберлиги», Нызамый атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети өзбек ҳәм қазақ тили кафедрасы баслығы, филология илимлериниң докторы Исломжон Якубов «Өзбек ҳәм жәҳән әдебияттаныўының әҳмийетли мәселелери» атамаларында студентлерге шеберлик сабағын өтти.

Буннан соң «Әдебият ҳәм әдебияттаныўдың сөнбес жулдызлары» атамасында Өзбекстан Қаҳарманлары Озод Шарофиддинов, Төлепберген Қайыпбергенов, Ибрайым Юсуповлардың 90 жыллығы, сондай-ақ, шайыр Муҳаммед Юсуфтың 65 жыллығына арналған көркем-әдебий кеше болып өтти.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.