Абитуриентлерден «086-У форма» талап етиле ме?

Ҳүкиметтиң «Жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў, студентлердиң оқыўын көшириў, қайта тиклеў ҳәм оқыўдан шетлетиў тәртиби ҳаққындағы уставларды тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Киргизилген қосымшаларға муўапық, түрк тилин шет тили сыпатында оқыған абитуриентлер де усы тилден көп баллы баҳалаў системасы бойынша имтихан тапсырады.
Буннан былай жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыўда 086-У-формасы бойынша медициналық мағлыўматнама талап етилмейди.

Ислам Матеков.