Кимлер жоқары оқыў орынларына қосымша грантлар есабынан имтиханларсыз қабыл етилетуғыны белгили болды

Ҳүкиметтиң «Жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў, студентлердиң оқыўын көшириў, қайта тиклеў ҳәм оқыўдан шетлетиў тәртиби ҳаққындағы уставларды тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Киргизилген қосымшаларға муўапық, төмендеги категориядағы адамлар жоқары оқыў орынларына қосымша мәмлекетлик грантлар тийкарында имтихансыз оқыўға қабыл етилетуғынлар қатарына киргизилди:
– Наманган ўәлаяты Тўрақўрғон районындағы Исҳоқхон Ибрат атындағы шет тиллерине қәнигелескен мектеп-интернатын айрықша баҳалар менен питкерген питкериўшилер бакалавриаттың шет тили ҳәм әдебияты, филология ҳәм тиллерди оқытыў бағдарларына;
– ҳәр бир әскерий бөлимнен биреўден жас әскерий хызметкер, бөлим командирлиги ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми усыныснамасы тийкарында.
Ислам Матеков.