Әскерий усыныснама барлық жоқары оқыў орынларына кириў ушын жеңиллик бермейтуғын болды ма?

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 5-июльдағы ПФ-5759-санлы Пәрманына муўапық, әскерий усыныснама алған абитуриентлерге байланыслы айырым өзгерислер киргизилди.
Буннан былай әскерий усыныснама тек ғана жоқары әскерий билимлендириў мәкемелеринде топлаған баллдың 50 проценти муғдарында қосымша балл тәризиндеги жеңиллик береди.
Әскерий емес жоқары оқыў орынларына тапсырылғанда болса усыныснама ушын ҳеш қандай балл қосылмайды.
Ҳуқықтаныўшы-блогер Х.Худайбердиевтиң жазыўынша, балл қосылмаса да басқаша көринистеги жеңиллик бериледи. Яғный улыўмалық квотаның 5% и муғдарында әскерий усыныснамаға ийе абитуриентлер ушын айырықша квота ажыратылады. Усыныснама алғанлар дәслеп сол 5% лик квота ишинде өз-ара билимин сынасады, егер оған кире алмаса, кейин алған балы бойынша улыўмалық квотаға өтип өз әўметин сынап көреди.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.