Институтта ҳеш қандай «жаңа китап» ямаса «энциклопедия» баспадан шығарылмады. «Kar24.uz» сайтында жәрияланған сын материал бойынша

Бүгин, 12-февраль күни «Kar24.uz» веб-сайтында «Ел хызметинде» газетасының бас редакторы Дәўлетмурат Тәжимуратовтың «Аджинияза» ма? «Өзи энциклопедия болса, ол да қәте жазылса…» атамасындағы сын материалы жәрияланды.

 

Онда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тәрепинен жаңа китап баспадан шығарылғанлығы, китаптың баҳасы оғада қымбат екенлиги, китап сыртында уллы бабамыздың аты «Аджинияза» болып, сондай-ақ, «факультет иностранных языков» деп жазылғанлығы және китаптың сыртында кеширилмес еки қәте бар екенлиги, сыртында усыншама қәте болса, китап ишинде қанша қәте бар екенлигин билмейтуғынлығы автор тәрепинен келтирилген. Соның менен бирге, автор бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Илимлер академиясы менен байланысқанлығын, институттағы усы факультеттиң хызметкери менен сөйлескенлигин, олар бул қәтелерди тән алғанлығын келтирип өткен.

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты бул материалда жазылғанындай, ҳеш қандай «жаңа китап», еле де анықлаў етип айтқанда, «энциклопедия» басып шығарылмағанлығын мәлим етеди. Институт жумысшы топары бул жағдайды үйренгенинде, «энциклопедия» деп келтирилген бул баспа өними институттың шет тиллери факультетиниң питкериўши курс студентлериниң питкериў альбомы екенлигин анықлады. Бул айналы альбом пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Кристалл» баспа өнимлерин шығарыў орнында таярланған. Бул ҳеш қандай «жаңа китап» ямаса «энциклопедия» емес.

Усы орында биз төмендегилерди мәлим еткимиз келеди, биз «Kar24.uz» веб-сайтында жәрияланған бул материалдың темасындағы «Өзи энциклопедия болса, ол да қәте жазылса…»  деген сөзи менен материал ишиндеги «жаңа китап» деп жазылған қатарларына дыққат аўдардық. Соң буған анықлық киргизиў мақсетинде материал авторы – «Ел хызметинде» газетасының бас редакторы Дәўлетмурат Тәжимуратов пенен байланыстық. Оның бизге мәлим етиўинше, ол өз материалын «Kar24.uz» веб-сайтына «энциклопедия» деп бермегенлигин, тек ғана «Аджинияза» деген сөзди тексериў ушын энциклопедиядан пайдаланғанлығын атап өткенлигин билдирди. Буны материал ишиндеги «сөзлерди бир-бирине салыстырыўда арнаўлы энциклопедиялардан пайдаландық» деген жеринен де билип алыў қыйын емес.

Қулласы, материалдың темасындағы «Өзи энциклопедия болса, ол да қәте жазылса…» деген гәпти «Kar24.uz» веб-сайтының редакторлары қәте қолланғаны «Ел хызметинде» газетасының бас редакторы Дәўлетмурат Тәжимуратов тәрепинен атап өтилди.

 

Көпшиликке мәлим, ҳәр қандай жоқары оқыў орны басламасы менен баспадан шығарылатуғын китап ямаса энциклопедия сыяқлы баспа өнимлери ең алды менен сол жоқары оқыў орнының илимий кеңеси тәрепинен тастыйықланып, баспаға усынылады. Сондай-ақ, китап ямаса энциклопедияның сыртында, ишиндеги дәслепки ҳәм соңғы бетлеринде қайсы баспа яки баспахана тәрепинен шығарылғанлығы көрсетилген болады.

 

Ҳәр қандай баспа өниминиң тек ғана сыртқы тәрепине бир көз жуўыртып, оны «китап» ямаса «энциклопедия» деп баҳалаў усындай анықсызлықларды келтирип шығарады. Сол себепли, сын пикир билдириўден алдын ҳәр бир детальға анық итибар берип, терең үйренип, анализлеп шығып, соңынан жәрияланса мақсетке муўапық болар еди.

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының баспасөз хызмети